Қанлыкөлли Жийенгүл апа пахта терип Спарк утып алды HD
Жийенгүл апа Есжанова шаңарақ ағзалары менен 8 тонна 261 кг пахта терип Спарк автомобилиниң ийесине айланды. ------------------------ Зүрәәт 2019. Дийхан фермерлеримиздиң жыл 12 ай даўамында атызларда топланған ақ алтынның бирде бир қанасын зая етпестен жыйнап алыўға халқымыз өзлериниң мүнәсип үлесин қосып атыр. Оларды ҳәр тәреплеме хошаметлеп барыў айрықша итибарға ылайықлы. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен усы жылдың 27-сентябринен 7-октябрь күнлери аралығында «10 күнде ең көп пахта терген шаңарақ» жарысы жәрияланды ҳәм бас сыйлыққа Спарк автомашинасы қойылды. Мине усы автомашиналардың ийелери анықланбақта. ------------------------ MEGALINE – SOCIAL MEDIA [KAR] Youtube: https://youtube.com/megalineuz Telegram: https://t.me/megalineplaza Instagram: https://www.instagram.com/megaline.uz Facebook: https://www.facebook.com/megaline.uz Бизге Телеграм арқалы видео жибериң: https://t.me/megalineplaza