#Шийе ектик: Бул жерлер гүлленген мийўалы ел болады

15.03.2020
Қарақалпақстанда усы жылдың март айында басланған «Мен бир мийўели терек» жойбары бүгин, яғный 15-март күни жуўмақланды. Жуўмақ болғанда шийе нәллерин егиў жуўмақланды, бирақ, қүдиретли жеримизге егилген шийелер ушын жаңа өмир басланды, десек қәтелеспеген боламыз. Усы басламаны әмелге асырыўда туўрыдан-туўры жәрдем берген 40 қыз жойбар авторы ҳәм жанкүйери Бахтияр Қәдирбергеновтың жол-жобасы менен бүгин өзлерине жүклетилген ўазыйпаны атқарып шықты. Әлбетте, қоршаған орталығымызға, келешегимизге ҳәм перзент тәрбиясына итибарлы болған көплеген заманласларымыз бул жойбардың тийкарғы әмелге асырыўшылары болды! Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Арал бойы халықаралық инновациялық орайының да жойбардың әмелге асыўында жәрдеми айрықша мақтаўға ылайық. Ертең дүйшемби күни пайтахтымыз Нөкис қаласының Аллаяр Досназаров көшеси (бурынғы Калинин), Төрткул гүзары ҳәм Ата жолы (Президентский) көшелеринен өтсеңиз жаңа отырғызылған шийелер сизге бой көрсетеди. «Неге шийе?» деп ҳайран қалып сорағанлар болса мынадай деп айтың: Себеби, қалалық жерлерде 90-110 см.ден соң шор суў басланады. Алма, алмурт сыяқлы басқа мийўели тереклердиң тамыры тереңге қарай өседи. Сонлықтан, олар 2-3 жылдан өсип тамырласқанда тамырлары сол шор суўға тийеди ҳәм өсиўге қыйналады. Ал шийе, алша, айва тереклериниң тамырлары төменге емес, ал қапталға жайылып өседи. Соның ушын, шийе терегиниң тутып өсиў, мийўе бериў имканияты көбирек. Бул жерлер еле буннан да гөззал гүлленген мийўалы ел болады. Биз буған исенемиз, несип етсе 3-4 жылдан буны өз көзлеримиз бенен биргеликте көремиз! Лалагүл Қаллыханова, журналист

Похожие видео

Показать еще